
Сораў: Мен сүйек туберкулёзинен 2 жыл емленип шыққанымнан соң ҳәмледар болыўға ямаса бала туўыўыма бола ма? Егер болатуғын болса, қанша ўақыттан кейин мүмкин болады?Жуўап: Сүйек туберкулёзи менен аўырып еки жыл даўамында дәри жегенде адам организиминиң айырым органларында бир қанша өзгерислер болады. Соның менен бирге еки жыл даўамында ишкен дәрилер узақ мүддетке шекем организм тоқымаларында сақланып турады ҳәм әсте ақырын организмнен шығарылып барады. Бул процесс 2-3 жылға шекем болыўы мүмкин. Егер де ол жүкли болып, бала көриўди қәлесе оған ҳеш ким анық шеклеў бере алмайды. Наўқас шешимди өзи қабыл етеди. Бирақ соны да билиўиңиз керек: бириншиден сол ҳаял еки жыл даўамында емленди. Ол шаршады. 9 ай ҳәмлени көтериў ҳәм туўыў керек. Организимде дәрилердиң еки үш жылға шекем тәсири бар ҳәм бул дәри ҳәмлеге-балаға тәсир етиўи мүмкин.Ең кеминде 3-4 жыл бала көтериўден сақланып турыўды мәсләҳәт берген болар едим. Канал: @tb_is_curableҚызықлы мағлыўматлар: @TB_myths_botСораўлар ушын: @TB_is_curable_QA_bot













